Каракалпак 24
@karakalpak24
️ Телеграмнан "аккаунтыңыз өшириледи" деген жалған хабарлар тарқатылмақта…
️ Телеграмнан "аккаунтыңыз өшириледи" деген жалған хабарлар тарқатылмақта - бир мәрте басыўдың өзи аккаунтыңызды жоғалтыўға алып келиўи мүмкин. Алдаўшылар пайдаланыўшыларға аккаунт өширилетуғыны ҳаққында хабар жибермекте. Онда профилди сақлап қалыў ушын "Бийкарлаў" түймесин басыў усыныс етиледи. Негизинде болса бул силтеме фишинг программасын иске қосады ҳәм жеке мағлыўматларыңызды урлаўы мүмкин. ️Таныс емес силтемлерге баспаң ҳәм Тегеграмнан келген хабарларға исенбең. Жақынларыңызды да ескертин, олар да бул алдаўшылық усылы ҳаққында билип қойсын. 👉 @Karakalpak24
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · Каракалпак 24 · recipes · food · transport / reviews. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.