НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
@ne_janaliq
❗️1-сентябрьден баслап жәриймалар қымбатлайды Президент қарары менен 1-се…
❗️1-сентябрьден баслап жәриймалар қымбатлайды Президент қарары менен 1-сентябрьден баслап базалық есаплаў муғдары 412 мың сумнан 440 мың сумға арттырылады. Усы мүнәсибет пенен салық төлемлери, жыйымлар, жәриймалар, мәмлекетлик бажы, мәмлекетлик хызметлер ҳәм лицензиялар бериў ушын төлемлердиң суммасы жаңаланған БЕМге қарап белгиленеди. 🔘 Жол қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушын жәриймалар төмендегише: 🔴 Қәўипсизлик ременин тақпаў (0,5 БЕМ) - 220 000 сум; 🔴 Техник көрик, аптечка (0,5 БЕМ) - 220 000 сум 🔴 Ҳүжжетлерсиз басқарыў (1 БЕМ) - 440 000 сум 🔴 Қамсызландырыў ҳүжжетисиз басқарыў (1 БЕМ) - 440 000 сум; 🔴 Қызыл шыраққа өтиў (3 БЕМ) - 1 320 000 сум; 🔴 Қолайлы болмаған жерде тоқтаў (2 БЕМ) - 880 000 сум; 🔴 Рулде турып телефонда сөйлесиў (3 БЕМ) - 1 320 000 сум; 🔴 Номерсиз айдаў (5 БЕМ) - 2 200 000 сум; 🔴 20 км/саатқа шекем тезликти асырыў (1 БЕМ) - 440 000 сум; 🔴 20-40 км/саат аралығында тезликти асырыў (5 БЕМ) - 2 200 000 сум; 🔴 40-60 км/саат аралығында тезликти асырыў (9 БЕМ) - 3 960 000 сум; 🔴 60 км/сааттан артық тезликти асырыў (15 БЕМ) - 6 600 000 сум; 🔴 Қарама-қарсы жолға шығыў (10 БЕМ) - 4 400 000 сум; 🔴 Мәс ҳалда автомобиль басқарыў (40 БЕМ) - 17 600 000 сум; 🔴 Рухсатыз тонировка (25 БЕМ) - 11 000 000 сум 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · НЕ ЖАҢАЛЫҚ? · transport / auto · auto. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.