Каракалпак 24
@karakalpak24
❗️️2026-жыл 1-июльдан баслап: Пенсиялар ҳәм напақалар және Социаллық реес…
❗️️2026-жыл 1-июльдан баслап: Пенсиялар ҳәм напақалар және Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға балалар напақалары ҳәм материаллық жәрдем төлемлери муғдарлары 7 процентке асырылады. ✅ Бунда: 🔹 жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – 983.000 сум; 🔹 майыплық пенсияларының ең аз муғдары – 1 083 000 сум; 🔹 Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға балалар напақасының ҳәр айлық муғдары: ➖ 3 жасқа шекемги 1 киши перзенти ушын – 386.000 сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги 1 перзенти ушын – 295.000 сум; ➖ шаңарақтың 2-перзенти ушын қосымша – 177.000 сум; ➖ шаңарақтың 3-ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын қосымша – 118.000 сум; 🔹 Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары – 450 000 сум етип белгиленди. 2026-жыл 1-сентябрьден баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 7 процентке арттырылады. 2026-жыл 1-июльден пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 504.000 сум етип белгиленди. 2026-жыл 1-сентябрьден: ▪️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 1.360.000 сўм; ▪️ базалық есаплаў муғдары – 440.000 сўм етип белгиленди. 👉 @Karakalpak24
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · Каракалпак 24 · food / products · food. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.