НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
@ne_janaliq
Арнаўлы үйретилген ийт ортостатик тахикардия менен аўырып атырған қыздың…
Арнаўлы үйретилген ийт ортостатик тахикардия менен аўырып атырған қыздың тутқанағы тутып қалғанын сезип, жәрдем берди Ийтлер адамда қант муғдары өзгерип атырғанын ямаса усындай ортостатик тахикардия синдромларында тутқанақ басланып атырғанын қалай биледи? Инсан қанында қант муғдары кескин өзгергенде, организмде өзине тән химиялық реакциялар жүз береди ҳәм дене өзинен ушатуғын органикалық бирикпелер ажыратып шығара баслайды. Адам организми адреналин ҳәм изопротеренол сыяқлы затларды көп ажыратады. Нәтийжеде инсанның деминен ҳәм терисинен өзине тән ийис шыға баслайды. Дене энергия ушын майларды тарқатыўды баслайды ҳәм ацетон ийиси пайда болады (бул ийис мазалы мийўениң ийисине уқсас болады). Ийт тутқанақ ийисин сезгеннен кейин, ийесин мурны менен түртип ямаса үрип ескертеди. Наўқас жерге жатқанда, ийт дәрини ҳәм суўын алып келип береди ҳәм оның аяқларының үстине жатып алады. Бул денениң төменги бөлиминде топланып қалған қанды жүрек ҳәм мийге қарай ҳәрекетлениўин аңсатластырады, қан басымын турақлыластырады ҳәм жүрек урыўын төменлетиўге жәрдем береди. Егер наўқас есинен айрылып қалса, ийт арнаўлы түймени басып үйдегилерди ямаса тез жәрдемди шақырыўы ямаса әтираптағылардың итибарын тартыўы мүмкин. Бундай ийтлер көбирек қантлы диабетли наўқасларға жәрдем береди. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Video media is loaded in the live margeleT feed or in the original Telegram post.
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · НЕ ЖАҢАЛЫҚ? · transport / reviews · auto. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.