НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
@ne_janaliq
️Қопал жол қағыйдабузарлықлары ушын транспортты ўақытша алып қойыў ямаса…
️Қопал жол қағыйдабузарлықлары ушын транспортты ўақытша алып қойыў ямаса конфискациялаў илажлары енгизиледи Өзбекстан ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығы Шерзод Иброҳимов: ➖ 5 қопал жол қағыйдабузарлығы ушын автомобилди ўақытша алып қойыў ҳәкимшилик жуўапкершилик илажы енгизиледи; ➖ ️бир неше түрдеги қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизиледи; ➖ ️транспортты басқарыў ҳуқықына ийе болмаған ямаса транспортты басқарыў ҳуқықынан айырылған шахс тәрепинен исленген жол ҳуқықбузарлығы ушын қосымша түрде автомобилди конфискациялаў ямаса ўақытша алып қойыў жазасы енгизиледи; ➖ ️Транспортты мәс ҳалда басқарғанларға 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланады; ➖қопал қағыйдабузарлар ушын жәрийманы шегирме менен төлеўге бир жыллық шеклеў енгизиледи; ➖ ️транспортты басқарыўға балаларға рухсат бериў, денеге зыян жеткериў, өлимге себеп болғанда жынайый жуўапкершиликке тартыў усынысы алға қойылмақта. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Video media is loaded in the live margeleT feed or in the original Telegram post.
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · НЕ ЖАҢАЛЫҚ? · transport / auto · auto. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.