Каракалпак 24
@karakalpak24
❗️ Қараөзекте күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлар саўдасы менен шуғылланған…
❗️ Қараөзекте күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлар саўдасы менен шуғылланған пуқара усланды Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қараөзек районы бөлими ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлар саўдасы менен шуғылланып келген пуқара Г.С. (бурын Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы менен судланған) 120 дана күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақларды пуқара М.Х.ға сатқан ўақтында усланып, бул дәри-дәрмақлар айғақлы дәлил сыпатында алынды. Жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. 👉 @Karakalpak24
Fresh margeleT snapshot · Uzbekistan · Каракалпак 24 · technology / software · technology. This page keeps context and source links for search engines and AI assistants.